995030303 787707777Қайта қоңыраў қылың
Дүйшемби-шемби: 9:00-20:00
Екшемби : дем алыc күни
А.Досназарова 8аКартада көриў
Шыпакер қабыллаўына жазылыў

БАЛАЛАРҒА НЕ ИШИРИЎ КЕРЕК?



Жәзийрамада балаларға ҳәдден тыс суўық суў ҳәм мазалы газленген ишимликлер бериў мүмкин емес.
 
Балалар ушын ең қәўипсиз ишимликлер: газленбеген минерал суў, жаңа сырқылған соклар, ең жақсысы, палыз соклары ҳәм шөпли шайлар.
 
Мазалы газленген ишимликлердиң қәўипи сонда, оларды қабыл еткенде қант қанға тез сорылады, глюкоза суйықлықты тамырлар ишинде услап қалады. Жәзийрамада балалар көп терлейди, нәтийжеде организми суўды жоғалтады. Бул дисбалансты келтирип шығарады. Бала жәзийрамада тер менен суйықлық жоғалтқанда оның орнын мазалы ишимлик емес, әпиўайы суў менен толтырыў керек. Әҳмийетлиси сонда, глюкозаға жуўап ретинде қанға түрли гормонлар шығарылады. Олар да терморегуляция ҳәм термобаланс процесслеринде қатнасыўы мүмкин. Булардың барлығы жәзийрамада, әсиресе, бала организми ушын артықша етеди.

Шыпакер қабыллаўына жазылыў керекпе?
Онда байланыс ушын телефон номериңизди қалдырың!
Биз сиз бенен байланысамыз.